ӘРРЕТӘРРЕ
Қарақалпақша
р. Әйтеўир, қалай болса солай, тәртипсиз, оңатайсыз, ербекей-сербекей.
Аўылға жақынлаған сайын әрре-тәрреси шықты (Т.Қайыпбергенов).
Төменине мәкан жайларын жазып, әрре-тәрре етип қол қойды (М.Нызанов).
Ҳептегүл Арасан буның қалай болғанын түсиндирмекши еди, оның сөзлери әрре-тәрре болып шықты ҳәм хаган оны дәрхдл тоқтатты (Ш.Айтматов).