ӘРЎАҚ
Қарақалпақша
ат. Диний түсиниктеги өлген (кисилердиң) адамлардың руўхы.
Молла көпликтен бе, я «әрўағы» пәс пе, Қосыбайдың бул ҳийлеси де мал қурамады (К.Султанов).
Өшпенли бай Қосыбайдың атын еситиўден ашыў әрўағы кайта курысып, иштеги кек жалыны бетине шарпып шықты (К.Султанов).
Бақсыда, палўанда әрўақ болады (М.Нызанов).
— Анамның жетиси тарқады, әрўақлары әдеўир тынышланған шығар (К.Каримов).
Берекети қашады, Әрўағы жаман ушады («Ер Шора»).