ӘРЎАНА
Қарақалпақша
ат. 1. Бир өркешли, таза нәсилли, тықыр жүнди, сүтти молдан беретуғын, ыссыға, шөлге шыдамлы урғашы түйе.
Ботасыз әрўана — сорлы аналар, Кердери журтының тул ҳаяллары (И.Юсупов).
Жетим қалған бота бозлап, Әрўана көшегин излеп (Бердақ).
Әрўана сүтине жуўды.
Дос-душпаны болған емес (Бердақ).
2. Сүтти молдан беретуғын малдың түри.
Мөңиреп киятырған, әрўана сыйырлардың даўысы бийдиң басын азан-қазан етти... (К.Султанов).
3. Сақыйлық, молшылық, агыл-тегил, тәбийғый байлық.
Бийшара ишқысталықтан-ақ наўқасқа шатылды ма деймен.
Жақсы нашар еди.
Шешеси әрўана киси еди (К.Султанов).
Гүллентип Елликтей ески саҳраны, Ийип турған бир әрўана халықсаң (И.Юсупов).