⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘНЖУМАН

Қарақалпақша

ат. 1. Жыйналыс, мәжилис, жыйын, куралтай. Аллаяр мине усы үлкен әнжуман алдында қарақалпақ миллетиниң атынан ўәкил болды (А.Султанов). Бул ўақыя усы әнжуманға қатнасқан адамлардың ядында узақ сақтанып, халық арасында кең таралып, аңыз-әпсанаға айланып кетти... (А.Султанов). Әнжуманға қатнаса алмайтуғын айырым алымдардың адресине айтылған текстлердң алып таслап, оны издеги сөзлер менен байланыстырыў зәрүр болды (М.Нызанов). 2. ат. Көпшилик, аламан. Хызметинде жақсы-жаман әнжуман, Қол қаўсырып ахыў-зарға жеткерсе («Юсип-Зилийха»).