ӘМИР
Қарақалпақша
ат. 1. Буйрық, ҳүким.
— Әзел әмири билән дүньяға келдим, Қәдир болып жақсы-жаманды билдим (Бердақ).
2. Әмир, ел басқарыўшы, патша, хан, әскерий басшы.
Абылқайыр хан орыс патшасының қарамағына өтпестен бурын Орта жүз бенен Уллы жүзди аўзына қаратыў ушын Бухара әмиринен жәрдемге бир түйе зер алған деген ғәп бар (Т.Қайыпбергенов).
Берғи жүзден Бухара әмири Жалаңлатып ислам қылышын (И.Юсупов).
Әмир Темур көреген.
Әмир Ноғай, Әмир Едиге.