ӘМЕЛ
Қарақалпақша
ат. I.
Усыл, илаж, ҳийле, шара, еп, ислеў.
Жасы үлкенлердиң тәжирийбесине әмел қылып, ҳәр муқамнан тымсал келтирип көрдим (М.Нызанов).
— Шыңғысхан айтады: аспанда қуяш биреў, солай екен, жер жүзинде де хүкимдар биреў болыўы керек дейди ҳәм өзи соған әмел етеди (М.Нызанов).