ӘЛПАЙЫМ
Қарақалпақша
кел. Кишипейил, биймәлел, жақсы, әдепли, ийбели, мийзамкеш, тәртинли, уятлы, көргенли.
Мениң әлпайымлығым оған өтпеген.
«Сен кемпир анаңа тартқансаң», — дей беретуғын еди анам маған жаслығымда (М.Нызанов).
Әлпайым қазақтың бир лаласы қарақалпақтың үлкен бир отаўына жыға болса, налышым жоқ (Т.Қайыпбергенов).
Оларға жуўабый қыз шекшийип бир қарап еди, екеўи бирден әлпайым кейипке түсип, қозғалысып, чай-суў қайнатыў ушын орынларынан турды (К.Султанов).
Көзи түскен көркине бенде болғандай, Әлпайым келген минези қандай (И.Юсупов).