ӘДЕТИНШЕ
Қарақалпақша
р. Әдети бойынша, үйренгени бойынша, бурынғы, қәдимги қылығы бойынша.
Аллаяр ҳәр қашанғы әдетинше бирэўдиң қулағына шертип жиберди (Т.Қайыпбергенов).
Бурынғы әдетинше ол аўылға кирместен бурын: қубладағы жетим еменниң астында ең кеминде бир куман суў қайнағанша иркилиўи керек (Т.Қайыпбергенов).