ӘЎЕЛГИ
Қарақалпақша
кел. - Бирақ, әўелги күнлери жатырқап жүрсе де, кем-кемнен көл теңиздиң киршиксиз ҳаўасы бойын балқытып, ажары қулпырып сала берди (К.Султанов).
Әўелги пәтте ол кисиниң гәпиниң мәнисине толық түсине қоймаған едим (Т.Қайыпбергенов).
Әўелги қызды қалдырды, Тағы бир кисен салдырды (Бердақ).
Әўелги көрген бабаның, Ҳал- аўҳалын сорады («Ҳатам-Тай»).