⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҲӘРЎАҚЫТ

Қарақалпақша

р. 1. Ҳәрдайым, ўақты-ўақты. Хәр ўақытта ески турмысты есине түсирип, жигерленип те кетеди (Т.Қайыпбергенов). 2. Арасында, сийрек. Хәр ўақытта бир таянып, жигитлер салларын епкин менен әкиятыр: Енди хеш ким айдынға шықпайды ғой, бәри бир, жумыс питти, енди несине асығамыз деген кейип бар ҳәммесинде (Ш.Сейтов). 3. аўыс. Мудамы, барлық ўақытта. Жазғы кеште Анхар бойында әсте, Сизлер менен сәйир етсем мен ҳәр ўақыт (И.Юсупов).