ҲӘМЕЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Халықты басқаратуғын жумыстың аты, ўазыйпасы, дәреже, атақ.
Бир күни бийликтен түсти, Белли күшли қайдан тапты, Уллы ҳәмелге жетипти, Сөйтип аталық болды (Бердақ).
2. Ҳийле, тәсил, әдис, сумлық.
Қоблан жамбас салады, Түрли ҳәмел қылмақлық, Бурынғы бир жол болып, Палўанлардан қалады («Қоблан»).