ҲЕШ
Қарақалпақша
ал.
Болымсыз мәнисин билдирип келиўши алмасық сөз.
Анаў-мынаў гәп-сөздиң ҳеш кереги жоқ (Ө.Хожаниязов).
0 Ҳеш қайсысы — ҳеш ким, ҳеш биреў.
Отырғанлардың ҳеш қайсысы Айдананың сөзин бийкарламады (Ө.Хожаниязов).
Ҳеш бир тынбаў — ҳешқандай, сирә, дым.
Айдана зилдей шигитти арқылаўы менен ҳеш бир тынбады (Ө.Хожаниязов).
Ҳеш ким — ҳеш адам, ҳеш биреў.
Ол таўықтын соңғы шақырымының алдында ҳеш кимге билдирмей үйден шықты (Ө.Хожаниязов).
Ҳеш қандай — ҳеш нәрсе, дым.
Ол ҳеш қандай қорқатуғын яки тартынатуғын емес (Ө.Хожаниязов).
Ҳеш нәрсе — ҳеш қандай, ҳештеме, дым.
Ол қаққында екеўи де ҳеш нәрсе деген емес, ... (А.Бегимов).
Ҳеш ўақыт — ҳеш қашан, дым, сирә.
Оны орындамай турып ҳеш ўақыт бизиң кеўлимиз кешимейди (Ө.Хожаниязов).
Ҳеш қашан — дым, ҳеш ўақыт, ҳеш қандай.
Ол халық ушын, туўған ел и ушын ҳеш қашан аянбады (Ө.Хожаниязов).