ҲАҚЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Қайыр сураў, диюанашылық етиў.
Үш баланың мойнына дорба асып ҳақлаўға жиберди (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Бир нәрсени тилениў, сураныў.
3. аўыс. Бәле-қатерден қутқарыў, тазартыў.
4. аўыс. Биреўди жаладан қорғап алып қалыў, жақлаў.
Аллаярдың гезеги болыўына қарамастан, азанда үш баланың мойнына дорба асып, ҳақлаўға жиберди, өзлери М аманға жолығыўға келди (Т.Қайыпбергенов).