ҲАҚ
Қарақалпақша
кел. 1. Хадал, таза.
Ол сырын билмегенлерге ҳақ, дурыс адамлардай болып көринеди (Қ.Ирманов).
2. Гүмансыз, айыпсыз.
3. аўыс. Қудай, жаратқан, тәңир.
Ҳаққа әсилик әйлемеспен, Дәнекерсиз жүйлемеспен, ... (Бердақ).
0 Ҳақ адам — хадал, таза, ужданды.
Өзимди ар-намыслы, жүде ҳақ адамман деп есаплайман (Ә.Бекимбетов).
Ҳақ жүрек — әдил, таза.
Бул дийдар ҳақ жүрек инсанға бағар, портрет, бюст ҳәм естеликлерден (Т.Сейтжанов).
Ҳақ кеўил — хақ, ақ пейил, кеўилшек.
Ҳақ кеўилли шын адамға жаўынгерлик ис үйретти (Т.Сейтмамутов).
Ҳақ ниет — хадал, таза кеўил.
Бул ўақыяға қуванбаған ҳақ ниетти инсан бар ма (Т.Қайыпбергенов).