ҲАСЫЛ
Қарақалпақша
кел. 1. Жақсы, таза, кунлы, баҳалы.
Ҳасыл кийим кийиндим, Тәжим берип ийилдим (ққ.х.қ.).
2. Жерге егилген дийқаншылықтан хәм мийўе өсимликлеринен алынатуғын дән, мийўе, өним.
... күниге 200 килограммнан асыра ҳасыл терип, фартугинен 6 тонна пахта төксе, хожалық күнине 27,5 тоннадан зыят жоқары сортлы өним тапсырыўға ерискен... («ЕҚ» г.).
3. аўыс. Қымбатлы, қәдирли.
Жақсының аяғы сегиз, Хасыл сүйгенде болар негиз (ққ.х.н.).
0 Ҳасыл туқымлы — туқым жақсыланған зат.
Бул фермадағы ҳасыл туқымлы сүтли сыйырлардың биреўи (Ө.Айжанов).
Ҳасыл тас — ҳәр түрдеги бақалы тас, қымбат тас.
Хасыл тас бар.
Куратаўда, Деп қалтаға қолын суқты (И.Юсупов).
Ҳасыл жер — көп өним беретуғын жақсы жер.
Ҳасыл зат — сапасы жағынан жақсы нәрсе, буйым.