ҲАЙЯЛАЎ
Қарақалпақша
ф. Жубатыў, әлпешлеў, қамалға келтириў.
Ҳайялар бизди өмирге, жетелер екен аталар (Ж.Аймурзаев).
ҲАЙЯР кел. 1. Жан аяр, жалқаў, ериншек.
Арамызда қосжақпаслар еле бар, Жәмиеттик иске болады ҳайяр (С.Нурымбетов).
Сана-сезим, пикир жүргизиў қәбилети пәс.
Таярға ҳайяр болып қалмаққа («ЕҚ» г.).
2. аўыс. Сум, хийлекер.
Балыққай жылпылдақ, мәстандай ҳайяр (И.Юсупов).
Ҳайяр - ҳайярға сөгис таяр (ққ.х.н.).