⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҲАЎА

Қарақалпақша

ат. 1. Реңсиз, дәмсиз, көзге көринбейтуғын, қолға услап болмайтуғын, улыўма жер шарын қаплап турған азот және кислород сыяқлы газлер араласпасынан ибарат зат. Шәхәрлер көп мәлим дүнья жүзине, Хаўа жутсаң, түтин урар көзиңе (И.Юсупов). 2. Жер үстиндеги ҳаўа менен толған бослық. 3. Аспан, көк. 4. Атмосфераның аўҳалы, ҳаўа райы, күн. Ашық ҳаўа — Хаўа жаўса айдын көллер сел болсын, Күннен-күнге бул дәўлетин мол болсын («Ер Зийўар»). 5. Белгили бир жердиң ҳаўа шараяты, жағдайы. Таўда ҳаўа қәпелимде өзгерер, Бираз жигитлердиң көзқарасындай (И.Юсупов). 0 Ҳаўа райы — күнниң бағдары, жағдайы, рабайы. Бүгин ҳаўа райы күндегиден басқаша (Ө.Хожаниязов).