⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҲА II

Қарақалпақша

т. с. 1. Адамның қатты даўыслап күлгендеги хаўазын қағазға жазба түринде белгилеў ушын қолланатуғын графема. 2. Кеўлин, дыққатын өзине қаратыў ушын қолланылатуғын сөз. Ҳа, жоралар усы күнде сизиң үйге ҳәр ким бара береди («Алпамыс»). 3. Мал ҳәм басқа да жанлы-жаныўарларды куўыў ушын қолланылады. 4. Бир нәрсеге ырза болмаўшылық, итибарсызлық пенен қараў ушын қолланылады. 5. Ғәзеплениўде, ашыўланыўда, қәҳәрлениўде, ренжиўде қолланылады. 6. Қуўаныў ҳәм шадланыўда қолланылады. 7. Бирден шоршыныўды билдиргенде қолланылады. 8. Ҳайран қалыўды билдиреди. Ҳа, солай дең.