ҮҢИРЕЙИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Тегис нәрсениң бир жериниң тесилиўи.
Жайдың бир қапталы ызғарлықтан қулап, үңирейип қалды (Ш.Сейтов).
2. аўыс. Әжептәўир болып көриниў.
3. аўыс. Орны толмай бос қалыў.
Бирақ, үйдиң ишинде бир адамның орны бәрҳама үңирейип турғандай («Әмиўдәрья» ж.).