ҮРПЕЙИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Шаштың, жүнниң және т.б.
нәрсениң тәртипсиз түрде тиккейип турыўы.
Кепканың астынан оның бир қысымдай сары шашы тәртипсиз үрпейип тур (Қ.Досанов).
2. аўыс. Шоршып әжептеўир болып турыў, жатырқаў, үркиў.
Бейтаныс адамды көрип балалар үрпейип қуўысқа тығылып қалған (Н.Дәуқараев).