ҮН
Қарақалпақша
ат. 1. Даўыс, сес.
Қызларда ҳеш қандай үн жоқ (Ж.Аймурзаев).
2. аўыс. Ҳаўаз, нама, саз.
Саз уласты, үн қосылды, Таза жолдан жүрсек нетер (Қ.Ирманов).
0 Үн қатыў – сөйлеў, сес шығарыў.
Шамам жетсе турайын деп, Шерип зордан үн қатты (Қ.Ирманов).
Үн қосыў – даўыс қосыў, бирге сес шығарыў.
Үни өшиў – а) сес шықпаў, сөйлемеў, үндемеў.
Хийўа ханның сум дәўиринде өшти униң (С.Нурымбетов).
б) Сөзден утылыў, жеңилиў.
Алым сөзден жеңилип, бирден уни өшти де қалды (С.Салиев).