⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҮМИТ

Қарақалпақша

ат. белгили бир ўақыяның иске асыўына билдирилген исеним, тилек, әрман, нийет. Қалай да жаснармыз деген бар үмит, Жаснамасақ сум дүньяда не пайда (Омар). 0 Үмит етиў — дәмелениў, нийетлениў, исениў, тилек етиў. Үмити жоқ — дәмеси, нийети жоқ. Үмит қылыў — исениў, дәмеси болыў. Үмит үзиў — гүдер үзиў, исенимди жоғалтыў. Буны еситкен бөри өзиниң алданғанын билди, баладан үмит үзип кетти (ққ.х.е.).