ҮЛКЕН
Қарақалпақша
кел. 1. қарамы жүдә зор, нәҳән.
Ертең түнде үлкен кеме алып келеди (Т.Қайыпбергенов).
2. көпти көрген, көп жасаған, жасы уллы.
Жасы үлкен ағамыз және Мәтсейит, Бизге келди айырылмас дөҳмет (Әтеш).
3. кең көлемли, майданлық, кеңислик.
4. аўыс. жоқары хызметкер, ҳәмеллар.
Қайдан билесең, бәлким Сапар оннан да үлкен болып келер (Ө.Хожаниязов).
5. ири, бийик, нәҳән, әўдийген.
ф Үлкен адым — алға илгерилеў, өсиў.
Үлкен әҳмийетке ийе — әҳмийети зор, әҳмийетли.
Халықлардың усы үлеслериниң бир бөлеги болыўы улкен әҳмийетке ийе (Б.Исмайылов).
Үлкен гүзар жол — кең, ашық жол.
Үлкен гузар жол үш тараўға бөлинеди (Ж.Сапаров).
Үлкен қәўип — қорқынышлы, қәўетерлилик, қәўиплилик.
Барыў улкен қәўип болды... Үйренискен буларға (Жийен жыраў).
Үлкен өзгерис — көп жаңалық, өзгешелик, айырмашылық.
Қарақалпақ халқының өмир тәғдиринде, күн көрисинде улкен өзгерислер болды (Қ.Айымбетов).
Үлкен сапар — узақ жолға шығыў, талап пенен атланыў.
Ол усы жолға улкен сапарға атланды (Ж.Сапаров).
Үлкен табыс — мол жеңис, мол саўға.
Ақ алтынға толып быйыл қырманлар, Тойға улкен табыс пенен барайық (Д.Қасымов).
Үлкен талап қойыў — ўазыйпалар, жуўапкершилик жүклеў.
Районның алдына улкен талаплар қойдық (Ж.Аймурзаев).
Үлкен ўақыя — уллы өзгерис, әжайып жаңалық, бурылыс.
Мине усы улкен ўақыя қарақалпақ халқы ушын жаңалық болды (Ғ.Есемуратов).
Оғада үлкен — а) жүдә зор, баҳалы.
Қымбат баҳалы бул тастың баҳасы оғада улкен (ққ.х.е.).
б) нәҳән, бийик, гиддиман.