ҮЛГИ
Қарақалпақша
ат. 1. тәлим, өрнек.
Оның ис тәжирийбеси тез күнде өз жолдаслары арасында ғана үлги болып қойған жоқ (Т.Қайыпбергенов).
2. көрсеткиш қурал ретинде пайдаланатуғын зат.
Сарыгүл тигилетуғын барлық кийимлерди үлги бойынша пишти (С.Салиев).
3. аўыс. нусқа.
Халық аўызеки дөретиўшилигиниң ески үлгилери жыйналды (Қ.Айымбетов).
0 Үлги алыў — үйрениў, еликлеў.
Үлги көрсетиў — өрнек болыў, ҳәммеге ис усылын көрсетиў.
Үлги болыў — алда болыў, ис көрсетиў.