ҮЙИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир жерде дөңгелендирип шыр айландырыў.
Тракторды ылақшы аттай үйирип, табаннан айландырды (К.Султанов).
2. Бир жерге үйирип топлаў, жыйнаў.
Жумагүлдиң гәплери кем-кем нен ҳәммени үйирип, шүйиркелестире берди (Т.Қайыпбергенов).
3. Бир нәрсени жоқары көтерип айландырып былғаў.
Ораз аталық қамшысын колхозшылардың үстинде үйирип, қатты қәҳәрде турды (А.Әлиев).
0 Зәребесин үйириў — ашыўы келиў, қәҳәрлениў, зәҳәрин өткериў.
Ол зәребесин үйирип Қосыбайға алып умтылды (К.Султанов).
Ийманын үйириў — а) қорқығыў, зәребесин үйириў.
Ол таң алдында мылтық атып, ҳәммениң ийманын үйирди (Ш.Сейтов).
б) адам өлер алдында жатқанда оқылатуғын қуран.
Өз ийманын үйирип, «Дүньяға келип болдым», деп көзин тастай жумады... («Ер Зийўар»).
Тил үйириў — мазалы, шийрин, жүдә татлы.
Оның тандырларында жабылған пәтирлер жумсақ болып, аўзына салғанда тилиңди үйирип кетеди (Х.Сейтов).