⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҮЗИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир затты екиге бөлиў, ажыратып алыў, бөлеклеў, жулыў. Сабыр жүзимниң бир солқымын үзип алып, жей баслады (С.Салиев). 2. аўыс. Ис-ҳәрекеттин, бирден тоқгалыўы, жумысты даўам еттирмеў, иркип қалыў. 3. аўыс. Мудамы, бәрха, бәркулла. 4. аўыс. Өмирин жойыў, жоқ етиў. Қәҳәрге буўлыққан Аман ешкиниң жулынын да хә демей-ақ үзди (А.Әлиев). 0 Гүдер үзиў — үмитленбеў, үмитин жоғалтыў. Айгүл Сапардың келиўинен гүдерин үзди (К.Султанов). Үмит үзиў — исенимин жоғалтыў, үмит еткенди қойыў. Қол үзиў — айырылыў, ажыратыў. Ол быйыл оқыўға ықласланбай ақыры оқыўдан қол үзди (Т.Қайыпбергенов). Қарасын үзиў — көринбеў, алыслаў, узақлаў, қашықлаў.