⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚӘТЕЛИК

Қарақалпақша

ат. Алжасық, шатаслық, жаңылыс, кемшилик. Өзиниң мениң алдымда ислеген қәтелиги, айыбы ушын кеширим сораған ҳәм хатты оқып болыўдан оны жыртып, отқа салыўды сораған (А.Бекимбетов). Бердимурат дер нәсиятын сөйлеген, Қәтелик табылмай турмас бендеден (Бердақ). Қәтеликлердиң гезлесиўине себепкер ҳақ ескертиўлердиң күтә орынлы екенлигин айтыў керек. (Б.Исмайлов).