ҚӘСИЙЕТ
Қарақалпақша
ат. Адамның, заттың, жанлы-жаныўарлардың бойындағы жақсы ҳәм жаман әдет.
Ақылсыздың қәсийети аз келер, Ақмақлар ҳеш хызмет етпес халық ушын (Бердақ).
Қәсийети Гөўҳардың, Сонындайын жақсы еди («Қырқ қыз»).
0 Қәсийетли болыў — жақсы минез болыў, жақсы әдет болыў.
Кисиде адамгершилик қәсийет болыў керек (Ө.Айжанов).
Бойдағы қәсийет — организмге тән әдет, минез, қылық.
Қәсийетим бойымдағы, Басқа толып турған сайын (Ә.Шамуратов).