ҚӘЛЕМ
Қарақалпақша
ат. Хат жазыў қуралының аты.
Қобдыйшаны алып, сыя дәўети менен қамыстан иеленген қәлемин бир шетке қойды (К.Султанов).
Жүрди Айдостың қәлеми, Қыз-келинлердиң сәлеми (Бердақ).
Қәлем тартыў — жазыўшылық пенен кәсип етиў.
Көп жыллар қәлем тартты ҳарып-талмай (И.Юсупов).
Йошып кеўлим шадлық артып, Ақ қағазға қәлем тартып (Ә.Шамуратов).