ҚӘДИМГИ
Қарақалпақша
кел. 1. Узақ дәўирлерде пайда болған, узақ дәўирлерден келип жеткен, өткен заманларға тийисли.
Докладка усамайды, қәдимги ертек сыяқлы, қызықты болып көринеди (Ө.Айжанов).
2. Өдеттеги, бурынғы, бурынғыдай, бурыннан хәммеге белгили, көпшиликке түсиникли, таныс.
Қәдимги өз әдетинше, бәрхама, қарлығаш бәҳәрден әкелди хабар (Т.Сейтжанов).
Қәдимги қәлпи — баяғыша, бурынғы түри, сол түри.
Секретарьдың нәзеринде басын тутып тура алмаған Әмет қәдимги қәлпине тағы келди (Т.Қайыпбергенов).