ҚЫЯ
Қарақалпақша
Ат. 1. Таўдың, төбениң жанбаўыры.
2. Кеңислик, майдан, далаңлық.
Қула дүзде, қыя қумда денеси дир-дир тоңып киятыр (Ш.Сейтов).
3. аўыс. Қыйсайып кетиў, басқаша жүриў.
Бул дүнья өтерсең ақыры паны, Алдадың, қыядан жол салып жаны (Күнхожа).
0 Қыя басыў — жән-жаққа кетиў, басқаша жүриў, қутқармаў.
Қыя басалмаў — басқаша жүре алмаў.
Далада қалды көмиўсиз, дәрманы кетти ашлықтан, Аяғын қыя басалмай (Жийен жыраў).
Қыя қараў — көздиң қыйығын салып қараў, урлап қараў.