ҚЫТЫҚ
Қарақалпақша
ат. Адамдардың, жанлы-жаныўарлардың денесине сырттан бир нәрсениң тийиўинен пайда болатуғын сезим.
Досбергенниң қолы қыбырлаған сайын қытығы келеди (А.Бегимов).
0 Қытығына тийиў — жанына, намысына тийиў.
Елмурат ғаррының қытығына тийип ғәп айтып отыр (Ж.Аймурзаев).