⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚЫЗЫЛ

Қарақалпақша

кел. 1. Қанға уқсас түр, қырмызы. Қызыл байрақ. 2. аўыс. Гөш жемтик. ...қызыл көрғен ғарғадай телмирип бир қарады (Ә.Тәжимуратов). 3. аўыс. Дән, аўқат. Жумабай қырманның қызылын азсынды. 0 Қызыл аяз — денени тондыратуғын ызғарлы аяз. Сақылдаған қызыл аяздың жәнжақларға дөнген зыянынан қорғады. Қызыл ийек — тиси биротала түскен аўыз, тиссиз аўыз. Белин буўған қызыл ийек кемпирлер қыйналып отыр (А.Бекимбетов). Қызыл иңир — ымырт жабылып, қараңғы түскен мәҳәл. Олар қызыл иңирде келип үлгерди. Қызыл гегирдек — жәнжеллесиў, мәлеллесиў, урысыў. ...апам менен ағам қәпелимде қызыл гегирдек болып урысты (Ә.Атажанов). Қызыл суў — бәҳәрде ерте келетуғын ағын суў, қыста қатып қалған дәрья-каналлардағы муз үстине бәҳәрде шығатуғын суў. Нәўбәҳәр басланар алдында Әмиўдәрьядан қызыл суў толып ақты. Қызыл шақа — а) жас нәрестелердиң денеси, қатпаған дене. Қызыл шақасы шыққан нәрестелер майданда жатыр (Ж.Аймурзаев). б) пәр шықпаған палапан. Қызыл кәрўан — пахтаны, дәнди биринши рет пунктке, заводқа жибериўдеги кәрўан. Қызыл кәрўан менен пахта, Ол заводқа жайланды (Ж.Аймурзаев). Қызыл — алтын.