ҚУТЛЫ
Қарақалпақша
кел. Ийгиликли, бахытлы, қайырлы.
Жериң ғалы, пахталы, Қалың қутлы ел еди (Қ.Султанов).
0 Қутлы болыў — жарасықлы болыў, қайырлы болыў.
Елғе, жерғе қутлы болды бул заман, Қонысына бахыт дарып барады (К.Султанов).
Қутлы орнына қондырыў — жайлы орынға түсириў, узатыў, турмыска шығарыў.
Кутлы орныма қонсын десеңлер, қәне оны соған беринлер (Ө.Хожаниязов).
Қутлы мәкан — унамлы, сәтли, бахытлы мәкан.
Кутлы қәдем — бахытлы жол, дәслепки баслама, жақсы нийет.
Елимизде бес жыллықтың қутлы қәдеми басланды.