ҚУМАРПАЗ
Қарақалпақша
кел. 1. Ышқыпаз, ойынпаз, бир нәрсеге берилген, қумар болған адам.
Ҳәрким уста болмас сазға, Нама жағар қумарпазға, Бирге отырған ер жигитлер, Дегишип отыр қатар қызға (Айтыстан үзиндилер).
Гүзде балық аўлаўға балықшылар қумарпаз (Ж.Аймурзаев).
2. Ақша ҳәм басқа да затлар салып ойын ойнаўшы.