ҚУМАР II
Қарақалпақша
кел. Ҳәўес, инта, интизар, ынтық.
... ол машинаға миниўге күтә қумар қусайды (А.Бекимбетов).
Көз қумарға тоймайды, Көңил дийдарға тоймайды, Заманлас пенен отырсаң, Ҳәргиз мийриң қанбайды (Айтыстан үзиндилер).
0 Қумар болыў — интизар болыў.
Ҳәмме тапқышты көриўге қумар болады (кқ.х.е.).
Қумары тарқаў — мийири қаныў, рәҳәтлениў.
Ал қумары тарқап болғаннан кейин, Таныс жолаўшыға усар ешейин (И.Юсупов).
Қумардан шығыў — рәҳәтлениў, көңлиндегиге ерисиў, шерин тарқатыў.
Бирақ, аўылдың халқы Үмбеталыға: — Сиз сол бала менен айтысып көриң, дәсме-дәс, шешенликтен қумардан шығасыз.
Келисим менен айтыспаса, сөз бенен илип сөйлең, оннан соң ол да айтысты даўам етип жибереди.
Ақыл сөзге қулағымыздың қуршы қансын, — деп қоймаған.
(Тилеўбергеннин қазақ ақыны Үмбеталы менен айтысы).