ҚУЛАҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Адамдардың, жанлы-жаныўарлардың еситиў органы.
Оннан кейин ешкилерин сурайын деп барса, ол да қулақ пенен хошласқан герең екен (Қ.Айымбетов).
2. Бас кийимниң еки қулақты жақып туратын бөлеги.
Бәри дем алақайларының қулағын түсирип, бақларын байлап алған (Т.Қайыпбергенов).
3. Музыка әсбапларының сымды бурап, тартып туратын тетиги.
Соны көрип мен сорлы, қуқыраған қуқ қобыздың қулақларын бурайман (Жийен жырақ).
4. Белдиң еки қапталына тиреп, жерге синирикке қолайласқан кишкене темир.
5. Жаптың, салманың, суў ағатын сағасы.
6. Биреўдиң екинши биреўден ажыраспай жүриўи.
7. Мылтықты атық ушын басатын шүрппеси.
Мылтықтың қулағын басып жибергенде, паңқ еткен сес жаңлап кетти.
8. өсимликтиң жаңа шығып киятырған жапырақшалары.
Жас ғақашалардың алды төрт қулақ, кейин үш қулақ болды.
0 Қулақ салық — тыңдақ, нәзер аўдарық.
Есик бетке келип қулақ салды (А.Бекимбетов).
Қулақ түриқ — кеўил қойық, ықлас пенен тындақ.
Шоршынып, силкинип аңсыз жүреги, әжепленип көлге қулақ түреди (К.Султанов).
Қулаққа тийиқ — еситиқ, аңғарық.
Бул ғалақыт патшаның қулағына тийди («Алпамыс»).
Қулақ асық — айтқанға көниқ, қайыл болық.
Сержан оның айтқанына дәриқ қулақ асты (Т.Қайыпбергенов).
Қулақ қойық — қулақ асық, тыңлақ.
Сонда да ол барлық гәпти қулақ қойып тыңлады (Ө.Айжанов).
Қулақ қағыс етиқ — бир пикирди аңғарық, айтық ушын алдын-ала тыңлақшыны байқастырып көриқ.
Сол қақытта молла да Сержанға тағы қулақ қағыс етти («Жеткиншек» г.).
Қулақ шалық — еситилиқ, мәлим болық.