ҚУЛАН
Қарақалпақша
ат. Жылқы төризли жабайы дүз ҳайўаны.
Қулан менен кийик бес төбени шарлап киятыр.
Қара қулан териси, Қайыс болар, қын болмас (Термелер).
Желлетпей думан арылмас, Жемсемей қулан басылмас (Термелер).
Қуйрығы жоқ, жалы жоқ, Қулан қәйтип күн көрер? (Толғаўлар).
Қулан қудыққа қуласа, Қалағында қурбақа ойнар (ққ.х.н.).
Алпыс қулан ат болмас, Туўысқанның жат болмас (ққ.х.н.).