ҚУЎСЫРЫЎ
Қарақалпақша
ф. Жетип барыў, жақынлаў, шамаласыў.
Жасы елиўди куўсырып баратырған киси (К.Султанов).
0 Қол қуўсырыў — тәжим етиў, бас ийиў, дизе бүгиў.
Бай саққа жүғинғен пишинде еки қолын қуўсырды (К.Султанов).
Изин куўсырыў — изине жетип жүриў, шамаласып жүриў, жақынласыў.