ҚОҒАДАЙ
Қарақалпақша
кел. Қоға сыяқты, қоға тәризди, қоға яңлы, қоғаға уқсаған.
Ассалаўма әлейкум, деп қырман басындағылар қоғадай жапырылып, жуўырып барып ешеклердиң жылаўына асылды (К.Султанов).
Қоғадай жапырылып халқы сыйлады, Туўрылыққа теңи-тайы болмады (И.Юсупов).