ҚОСЫҚ
Қарақалпақша
ат. Төрт қатардан ибарат болып, белгили бир нақышқа салып айтыўға болатын поэзиялық шығарманың бир түри.
Ол жерлердиң таўларына, Еситилер еки қосық.
Биреўи зарлық— өлим сазы, Биреўи толған аза-муңға (И.Юсупов).
ҚОСЫҚШЫ ат. Қосық айтыўшы, қосық айтқыш.
Ол өзи қосықшы көңилди жайдары жигит екен (Ә.Шамуратов).
2. аўыс. Қустардың сайраўына, хайўанлардың сес шығарыўына байланысты салыстырылып, аўыспалы мәниде айтылады.
Гүл үстинде сулы қосықшы (бүлбил) (Жумбақлар).
Ағасы палўан, Анасы жорға, Баласы ойыншы, Қызы қосықшы (көпир, су, балық, бақа) (Жумбақлар).