ҚОРҒАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Адамды яки бир нәрсени қәўип-қәтерден аман алып қалыў, сақлаў, қутқарыў.
Қорғаў ушын жаўдан елди, Мине, бизлер таярмыз ҳәр ўақ (Ә.Шамуратов).
2. Бирәўдиң сөзин сөйлеў, оған ғамхорлық жасап ғамын ойлаў, қуўатлаў.
Халықтың арын қорғаў ўақты, Келди бир ер басына (Ж.Аймурзаев).