ҚОРЖЫН
Қарақалпақша
ат. 1. Жүннен тоқылып иеленген аўзы өрилип қойылатын еки бөлимли әнжам, ешекли, атлы жүк алып жүриўге арналған.
Хийўаға қоржын толы тилласы менен атланшап болып турды (К.Султанов).
2. аўыс. Аўҳалы қыйын, жағдайы төмен, шатақ.
Егер мен келмегенде, сениң исиң қоржын еди (Т.Қайыпбергенов).