⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚОНАҚ

Қарақалпақша

ат. Үйге мирәт етилген мийман ямаса тосаттан келген адам. Үйине қонақ келгенлиги себепли Исмайыл жумысқа келмеди (Ө.Айжанов). Бир елдиң шетиндеги үйге қонақ болады (ққ.х.е.). 0 Қонақ асы — қонаққа арналып берилетуғын сыйлы тамақ, аўқат, тағам, ас. Қудаларды күтиўге сениң шамаң келмейди, қонақ асыңды өзим-ақ берейин (К.Султанов). Қонақ жай — қонақ күтилетуғын, қонақ киргизетуғын жай, қонақ болатуғын орын. Ол қараңғылықта әрўақтай сүрнигип қонақ жайына келди (К.Султанов).