ҚОЛҚА
Қарақалпақша
ат. 1. Жүректен дененин хәр түрли ағзаларына қан тарататуғын негизги жуўан тамыр.
Мудам исип жүрген өкпе-қолқасы, Бир тислем нан болған шайдың халқасы (С.Нурымбетов).
2. Өкпе менен гегирдектиң тутасқан жери, дем алыў органларының тийкарғы бөлеги.
3. аўыс. Өтиниш, сораныў, тилек.
Қоңыраттан жаңа келген Есенгелди Қулымбетке бир қолқа салып қалажақ (К.Султанов).