⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚОЛ

Қарақалпақша

ат. Адамның ийнинен баслап бармақларына дейинги затты услаўға ийкемленген денениң бир бөлеги, мүшеси. Адам қолы гүл ғой мысал, Еркин мийнет етсе егер (И.Юсупов). 0 Қол өнер — қол менен ислейтуғын кәсип. Ол ўақытлары халық қол өнери менен кен шуғылланған екен (Ж.Сейтназаров). Қол тиймеў — ўақыт болмаў, рети келмеў. Оның жумыстан қолы тиймеди. Қоллы болыў — жоғалыў, урланыў. Биз жойтқан нәрсе қоллы болды ма деймен (А.Әлиев). Қол қаўсырыў — айтқанына көниў, ийитиў, ҳүрметлеп қарсы алыў. Келген қонақларды Сапар есиктиң алдында қол қаўсырып күтип алды (Ө.Айжанов). Қолы қысқа — жетиспеўшилик, кәмбағалшылық. Халық қатарына қосылыўға оның қолы қысқа еди (А.Бекимбетов). Қолға алыў — исти жанландырыў, кеўил бөлиў, итибар бериў. Қол үзиў — а) қойып кетиў, ислемеў. Соның менен ол жумыстан биротала қол үзди (Т.Қайыпбергенов). б) қатнаспаў, ажырасыў, айырылысыў. Қолға түсиў — усланыў, тутқын болыў. Қол суғыў — биреўдин ишки исине араласыў, суғылысыў. Мениң мүлкиме неге қол суғасаң (А.Әлиев). Қол қойыў — имза шегиў, бир нәрсени дурыслаў. Кейин оған сол жердегилерге қол қойдырды (А.Бекимбетов). Қолы жетиў — ҳәр жаклама жетисиў. Ҳақ нийетли ерлерим бар, Табысларға қолы жеткен (Х.Турымбетов). Қол бериў — а) жәрдем бериў, көмеклесиў. Қосылғанда қол бермеген, тарыққанда жәрдем етпеген азғын төлди пахтадай түтсе қәйтеди (К.Султанов). б) бағыныў, көниў. в) дин. с. айтқанын ислеў ушын ант етиў. Қолы қызылға тийиў — а) пайдаға ушыраў, ийе болыў....бир неше деңгенешилер жабырласып қолы қызылға тийгендей қумбыл болып атыр еди (Қ.Айымбетов). б) қунығыў, кирисиў, бәнт болыў, шуғылланыў. Қол серппе — егинди, дақылды шелек ямаса басқа зат пенен серпип суўғарыў усылы, суўғарыў системасы. Пүтин бир аўыл суўға жарымай отырғанда, әкеси екеўи қол серппе менен байлардың, талай-талай атызын суўғарған еди (Ө.Айжанов). Қол-аяқта турмаў — тынышсызланыў, шырқыраў, шырлаў, биймазашылық етиў. Кундақдаўлы жас бала да шырлап қол-аяқта турмады. Қол узайыў — жетисиў, тойыныў қатарға қосылыў. Баласын енди үйленер, келин жумсап қолым узаяр деп те ойлайтуғын еди (Т.Қайыпбергенов). Қолы епли — қолынан ҳәр түрли ис келиў, ебетейли. Қолы епли адамлар әкелинди (К.Султанов). Қол жайыў — жалыныў, сораныў. Халыққа қолын жайған ол да бир қайыршы ғой (К.Султанов). Қол көмегин тийгизиў — жәрдемлесиў, көмеклесиў, көмек бериў. Оған жәрдем етип қол көмегин тийгизип турды (Ө.Айжанов). Қол келиў — қолайы келиў, аңсат болыў. Қол жуўып қалыў — қуры алақан, бос қалыў. Қол қаралы — алақандай. Қолы көп — ағайин-туўғаны, жақынлары көп.