⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚОЙЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Затты бир орынға апарыў, орналастырыў, жайластырыў. 2. Белгили бир ис-хәрекетти тоқтатыў, иркиў, қойдырыў. 3. Қайтыс болған адамларды жайғастырыў. 4. Туўылған баланың атын белгилеў. Атын қойған Арыслан деп, Он төрт жасар баласын, Нәзерине алады (А.Дабылов). 5. Хызметке қойыў, жумысқа таярлаў, хызметке араластырыў. 0 Қарап қойыў — нәзер салыў, қараў. Сатлар әсте билдирместен көз астынан Қәмекбайға қарап қойды (Ж.Аймурзаев). Кеўил қойыў — зейин салыў. Тағы да кеўил қойып тыңлай баслайды (Ә.Шамуратов). Қулақ қойыў — кеўил бөлиў, тыңлаў. Киятырған киси ара-тура жән-жағына қулақ қояды (Т.Қайыпбергенов). Жол қойыў — қәтелик ислеў, қәтелесиў. Ертең болмаса бир күн ол бахытсызлыққа жол қойыўы мүмкин (Т.Қайыпбергенов). Қол қойыў — жазылғанды дурыслаў, макуллаў, тастыйыклаў. Бирақ дүзилген протоколға қол қойыўын умытпады (А.Бекимбетов). Ойын қойыў — қызық көрсетиў, тамаша бериў. Театр жәмәәти қонсылас областьларға барып ойын қойды. Талап қойыў — ўазыйпа жүклеў. Республикалық көзден өткериў дәретиўши жәмәәтке үлкен талап қойды. Қойып жибериў — урып салыў. Ықлас қойыў — зейин салыў, ықласы кетиў, қумар етиў.