ҚОЗЫЎ
Қарақалпақша
ф. Бир нәрсениң, ўақыяның, хәрекеттиң күшейиўи, көтерилиўи, раўажланыўы.
Топпысы тозған, аўырыўы қозған маңлайы қара кемпир еди («Алпамыс»).
Қырсығы қозыў — күшейиў, өрлеў.
Ис десе қырсығы қозып, Жылжып еңбеклеп келеди (Б.Исмайлов).
Арқасы қозыў — қызыў, көтерилиў.
Сөйлесе арқасы қозып, Жүйрик болып кимнен озған (Әтеш).