⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАСЫҚ

Қарақалпақша

ат. Суйық тамақты уртлап ишиўге арналған, темир ямаса ағаштан иеленген зат, буйым. Әлий аға қолындағы қасықты тарелканың ернегине қойды (Ө.Хожанов). Бир қасық суў бергизбейди, Қысым етип қойған екен (Бердақ). Қасық атысыў а) гезеклесип, ретлесип ишиў. Олар бир-бирине қасық атысып, жарманы сүйсинип ишти (К.Султанов). б) аўыс. бир нәрседен аўыстырып бир-бирине берисиў, алысыў.