⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАС I

Қарақалпақша

ат. 1. Көздиң үстиндеги түк, қылшық, жүн. Кимниң қасы қара көзи қунқары, Жесир болып телмирисип арсары (Әжинияз). Қасларына қара мақпал ойғандай (А.Дабылов). 2. Ердиң, жүзиктиң үстиндеги томпақ жери. Қалмақы ердин қасы деп, тап жүректиң тусы деп (Бердақ). Алтын қаслы жүзиги бар қолында, Қырқ қыз хызмет етер оңлы-солында («Қырқ қыз»). 0 Қас-қабағына қараў — түрине қарап ие ислэў, кеўлин бағыў. Кәраматдин Қәмекбайдың қас-қабағына қарап отырғаннан соң, оның ымына түсинди (Ж.Аймурзаев). Қас қақпаў — а) көз илиндирмеў, уйқыламаў. Таң атқанша қас қақпай, Бир ўақға таң атады («Қырқ қыз»), б) қарсы қарап турыў, тикирейип қараў. Қоразбек қас қақпай турып сөйледи (Қ.Ирманов).